27-28-апрель күнлери Бирлескен Араб Әмирликлериниң Фужайра қаласында қылышласыў спорты бойынша Азия-Океания регионы ушын Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларына жоллама бериўши турнир болып өтеди.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылардан сабля бағдары бойынша Муса Айтмуратов, шпага бойынша Дилназ Мурзатаевалар беллесиўлерге түседи.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, буннан алдын республикамыз мақтанышы есапланған Зайнаб Дайыбекова Олимпиада жолламасын қолға киргизген еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги