Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Шымбай районынан өзи аталыққа алған жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасты.

Ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, машқалалары тыңланды. Жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен олардың бәнтлигин ҳәм өзин-өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орнына кириўде арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў, егислик жерден дәрамат алыўына көмеклесиў сыяқлы бир қатар мәселелер көтерилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәрамат алыўына жәрдем бериў бағдарында олар ушын егислик жер майданлары ажыратылып берилиўи, егисти шөлкемлестириўден баслап, тамшылатып суўғарыў арқалы зүрәәт алыўына шекем барлық әмелий жәрдем көрсетилетуғынлығын атап өтти. Сол жердиң өзинде жаслар тәрепинен билдирилген машқалаларды унамлы шешиў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги