Президентимиздиӊ 2023-жыл 1-июнь күнги “Пиллешилик тараўында жумысты үйге бөлип алып ислеўди қоллап-қуўатлаў ҳәм пилле жетистириў ушын азықлық базасын буннан былай да кеӊейтиўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы мәмлекетимизде пилле қуртын бағыўда  жумысты үйге алып ислеўди жәнеде раўажландырыў, жаӊадан тутзарларды жаратыў арқалы  пиллешилик ҳәм тутшылық бағдарларында кластерлер менен фермер хожалықлары ҳәм пилле жетистириўге қәнигелестирилген үй жожалықларын шөлкемлестириў, сондай-ақ пилле шийки затын жетистириўдиӊ азықлық базасын жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Елликқала районындағы “Бостан Силк” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде пәрманныӊ орынланыўын тәмийинлеў, быйылғы жылдыӊ өними ушын жумысларды раўажландырыў ҳәм жаӊа мәўсимниӊ басланаыўына бағышланған илаж болып өтти.

Онда секторлардыӊ басшылары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ баслықлары, жумысты үйге алып ислеўшилер ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими В.Ниязымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаӊа мәўсимниӊ ашылыўы менен қутлықлады ҳәм пиллекешлердиӊ быйылғы жылғы қырманы мол болыўын тиледи.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы район пиллекешлери тәрепинен 202 тоннадан аслам “гүмис талшық” қырманын жаратыў режелестирилген. Тараўда өзине тән тәжирийбе мектеби қәлиплескен районда быйылғы жылы  3 мыӊ 141 қуты наўқан қурты бағылады.

Илажда тараў қәнигелери трепинен наўқан қуртын бағыў мәўсимине көрилген таярлық жумысларына, туқымларды дурыс жанландырыў, қуртларды киши ҳәм үлкен жасларында агротехникалық талаплар тийкарында бағыў ҳәм пилле ораў дәўиринде итибар қаратылыўы тийис болған илажлар бойынша илимий-әмелий усыныслар берилди.

Быйылғы жылы районда 259 фермер хожалығы ҳәм 1250 жумысты үйге бөлип алып ислеўши менен шәртнама дүзилди. Ҳәр бир килограмм жетистирилген пилле өними ушын 40 мыӊ сумнан берилетуғынлығы атап өтилип, пилле жетистириўши бөлип алып ислеўшилерге ҳәм фермер хожалықларына алдын ала аванс пулы берилмекте.

Илаж жуўмағында пилле жетистириўде өткен жылы жақсы нәтийжелерге ерискен аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ белсендилери менен жумысты бөлип алып ислеўшилерге саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, жыйналғанлар “гүмис талшық”тан таярланған өнимлердиӊ көргизбеси менен танысты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги