Қарақалпақстан  Республикасы  Мәденият  министрлигиниң  басламасы менен өткен жылдың  декабрь  айынан өз жумысын баслаған «Йош» эстрадалық жойбары барған сайын кең жәмийетшиликте қызығыўшылық оятпақта.

Усы жыл 23-апрель күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында жойбардың ярым финал басқышы болып өтти.

Миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жойбардың ярым финалына он қатнасыўшы жетип келди. Олар дәслеп еркин темада қосықлар атқарған болса, екинши басқышта елимизге белгили қарақалпақ эстрадасы қосықшылары менен биргеликте дуэт айтты.

―Бүгинги турда жойбардың талантлы қатнасыўшыларының бири Зарима Махсудова менен биргеликте «Интизарым» қосығын атқарып шықтым,―дейди Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Байрам Пердебаев.―Таярлық барысында жойбар қатнасыўшыларының талантын, олардың профессионал дәрежеде атқарыўға ҳәрекет етип атырғанлығын көрип қуўандым. Бул жойбар келешекте қарақалпақ эстрада көркем өнериниң даўамшыларын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Шынында да, дерлик алты айдан берли өз жумысын алып барып атырған жойбар кең жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятып үлгерди. Жойбар қатнасыўшылары Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен аристлер С.Аннақулова, С.Қәллибеков, Р.Атажанов, эстрадамыздың белгили ўәкиллеринен М.Тәжиғалиева, М.Хожасов, И.Балтабаев, М.Бекполатов, П.Жолдасбаев, И.Муратаевлар менен биргеликте дуэт атқарып шықты.

Ал, өткерилген ярым финалда төрт қатнасыўшы – Ҳүрлиман Мухаммедалиева, Алмат Халықназаров, Турғанбай Бердиев, Бабамурат Мәмбетниязовлар үлкен сынаққа түсти. Олардың биреўи даўыс бериў жолы менен финалда қатнасады. Демек, финалда жети қатнасыўшы жеңимпазлық ушын беллеседи.





Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги