Кеше, 23-апрель күни Өзбекстан ҳәм Қазақстан президентлери телефон арқалы  сөйлескени ҳаққында хабар берген едик.

Шавкат Мирзиёев Қасым-Жомарт Тоқаевқа кең көлемли суў тасқынлары ақыбетинде инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен кеўил билдирген.

Өз гезегинде, Қазақстан басшысы туўысқаншылығы ҳәм тилеклеслиги ушын Өзбекстан президенти ҳәм халқына миннетдаршылық билдирген.

Қазақстанның Ташкенттеги елшиханасы да мәмлекетимиз халқы ҳәм басшысына миннетдаршылық билдирген ҳалда баянат берди.

«Елшихана Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың миннетдаршылық сөзлерине қосылып, аўқамлас мәмлекет сыпатында көрсетилген жәрдем ушын Өзбекстан президенти администрациясы ҳәм ҳүкиметине миннетдаршылық билдиреди, өзбек халқының кеңпейиллигин айрықша атап өтеди», – делинеди баянатта.

Алдын хабар бергенимиздей, Қазақстанда бақланған кең көлемли суў тасқынларын Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетте кейинги 80 жылда жүз берген ең ири апатшылық деп атады.

20-апрель күни президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық қоңсы мәмлекетте жүз берген суў тасқынлары ақыбетинде зыян көрген халыққа 15 үлкен көлемдеги жүк автомобильлеринде азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, гигиеналық қураллар, арнаўлы қурылмалы шатырлар, резина қайық топламлары ҳәм басқа да зәрүр буйымлардан ибарат инсаныйлық жәрдеми жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги