Пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң “Халық сазлары” оркестри шөлкемлестирилгенлигиниң 65 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти. Онда  тараў қәнигелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери,  нураныйлар, ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев сөзге шығып, “Халық сазлары” оркестриниң қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы орны айрықша екенлигин атап өтип, филармония жәмәәтин юбилей менен қызғын қутлықлады.

Юбилей мүнәсибети менен  мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўдағы нәтийжели хызметлери ушын  “Халық сазлары” оркестриниң бас дирижёры С.Реймов, оркестр сазенделери Б.Қутлымуратов, А.Каримовлар Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң “Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, филармонияның бир топар  хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң “Ҳүрмет жарлық” лары менен естелик саўғалары тапсырылды.

Ҳәр бир халықты дүньяға танытыўда оның мәденияты менен көркем өнериниң орны айрықша. Сондай-ақ, қарақалпақ халқының  бийтәкирар музыка мәдениятын, атқарыўшылық өнерин раўажландырып, оның дүнья халықларына танытыўға ат салысып атырған жәмәәтлерден бири ― «Халық сазлары» оркестри болып табылады.  1957-жылы 25-октябрьде Бердақ атындағы филармония жанынан  24 адам қурамында өз жумысын баслаған “Халық сазлары» оркестрин шөлкемлестириўде  белгили композитор Әбдирейим Султановтың мийнетлери салмақлы болды. Оркестрдиң бүгингидей дәрежеге жетисиўинде белгили көркем өнер ғайраткерлеринен- Нажиматдин Мухаммеддинов, Клим Айымбетов, Ж.Нуржанов, А.Н.Когай, Қ.Ещанов, Х.Абдуллаев, У.Ешмуратов, Көшкинбай Асқаров, Сапарбай Палўанов, Ғайып Демесинов, Мақсет Камалов, Зинатдин Абдуллаев, Қ.Ещанов, Қалбай Алимовларды айрықша атап өтиў орынлы. Ал, оркестр солистлеринен- Арзыгүл Атамуратова, Рысгүл Бөриева, Ида Рафикова, Н.Дилимбетова, П.Пиримбетов, Өтеп Қурбанбаев, С.Хайрулина, С.Алламуратов, К.Альжанов, Кеңесбай Нийетуллаев, Даўытбай Қайыпов, Н.Ибрагимова ҳәм Бийбираба Өтепбергенова, Базаргүл Кәримовалар атқарған қосықларды халқымыз бүгинги күнде де сүйип тыңлайды. Бүгинги күнде оркестрдиң көркемлик жақтан басшысы Дәстан Нәжимов болса, белгили дирижёр Султан Реймов пенен сазенделерден Бегимбай Қутлымуратов, Аманбек Каримов,  Баҳадыр Турымбетов, А.Айназаров, жаслардан Азиз Тилепбергенов, А.Қудайбергенов, Насиба Утемуратова, Тамара Жолдасбаева, Инжигул Дәўлетбаева, Айсанем Бердибаева, Мийрас Ҳабиповлар нәтийжели жумыс  алып бармақта.

Тынымсыз дөретиўшилик изленислери нәтийжесинде ҳәр жыл сайын оркестр репертуарын ҳәр тәреплеме байытып, миллий ҳәм шет ел музыка көркем өнериниң сайланды үлгилерин халқымызға усынып келмекте. Оркестр репертуарынан орын алған «Муса сен яры», «Қарақалпақ сюитасы»,  «Кеўил толғанысы», «Бес перде», «Боқий наволар», «Мафтун бўлдим», «Юлдуз ашуласи», «Үш қоңыр»,  «Қустар әни», «Фантазия», «Солофиса», «Чардаш» ҳ.т.б.да шығарамалары халқымыз кеўлинен орын алған. Оркестр жәмәәти республикамыз көлеминде өткерилип атырған байрам илажларында белсене қатнасыў менен бирге, республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилген түрли таңлаўларда, Татарстан, Башқуртстан, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда өткерилген «Мәденият күнлери» илажларында табыслы қатнасып киятыр.

Жәмәәт 1968-жылы май айында радиокомитет жанындағы «Халық сазлары» оркестри болып қайтадан шөлкемлестирилген болса, 2005-2018-жыллары оркестр Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери жәмәәти бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде,  2018-жылдыӊ 1-ноябринен баслап Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қурамында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов қатнасты.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги