Жасларды ўатанға сүйиспеншилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде елимизде ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар, ушырасыўлар, спорт жарыслары өткерилип келинбекте.

Бир неше жыллардан берли мәмлекетимиз көлеминде өткерилип киятырған “Жас шегарашылар” әскерий ўатансүйиўшилик жарысы да әне усындай илажлар қатарына киреди.

МҚХ Шегара әскерлери Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан әскерий бөлим ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Нөкис қаласындағы Жаслар орайында бүгинги күнде мәмлекетимиз бойлап өткерилип киятырған «Жас шегарашылар” әскерий ўатансүйиўшилик жарысының республикалық басқышын өткериў мәселелерине бағышланған конфренция болып өтти.

Конфренцияда бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Республика шегара алды қала ҳәм районларындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген “Жас шегарашылар” клубларының жумысларын тәртипке салыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар додаланды.

Атап өтилгениндей, келешегимиз болған жас әўладты физикалық жақтан шыныққан, саламат, саналы, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал инсан етип тәрбиялаў жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан болып, бул бағдарда мәмлекетимизде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Өткерилетуғын усы илаж да жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилиўи керек.

Конференцияда жарыс қатнасыўшыларының таярлығын, жарысты жоқары дәрежеде өткериў ҳәм басқа да қосымша мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, жуўапкер  хызметкерлерге тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги