МҚХ Шегара әскерлерине қараслы әскерий бөлимлерде өзиниң жигитлик миннетин орынлаў ушын келген бир қатар мүддетли әскерий хызметкердиң әскерий антын қабыллаў мәресимлери өткерилмекте.

Нөкис қаласында жайласқан әскерий бөлимде де «Ўатанға ант” илажы өткерилди.

Оған МҚХ ҳәм оның шегара әскерлериниң әскерий хызметкерлери, ата-аналар қатнасып, илаж даўамында офицерлер, ата-аналар мүддетли әскерий хызметкерлерди қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

– “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарына кирер екенмен, ҳалқыма, Президентиме садықлық пенен хызмет етиўге салтанатли түрде ант етемен” деген бир аўыз сөздиң астында терең мәни бар.

Әлбетте, Ана ўатанға садықлық, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығы, аспанымыздың ашықлығы менен елимиздиң парахатшылығын күни-түни қорғаў мәрт ҳәм батыр азаматларымыздың парызы,-дейди илаж қатнасыўшыларының бири.

Илажда әскерлер тәрепинен әскерий шығыўлар шөлкемлестирилип, жақсы хызмети менен көзге түскен бир қатар әскерий хызметкерлер хошаметленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги