Өзбекстан елшиханасыныӊ жәрдеминде «Өзсуўтәмийнат» АЖ басқарма баслығыныӊ ўазыйпасын атқарыўшы Дилшод Азимов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясыныӊ Испанияға сапары шөлкемлестирилди.

Сапар даўамында Испания Экономика, саўда ҳәм бизнес министрлиги, Сыртқы саўда институты (ICEX) ҳәм «Almar Water», «IDOM», «Hidroconta» ҳәм «WEG» сыяқлы компанияларыныӊ басшылары менен сөйлесиўлер өткерилди.

Экономика, саўда ҳәм бизнес министрлигиниӊ халықаралық саўда ҳәм инвестициялар департаментинде болып өткен ушырасыўда Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен соӊғы жыллары ишимлик ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў бағдарында көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Испания тәрепи FIEM фонды арқалы Өзбекстандағы жойбарларды қаржыландырыўға, сондай-ақ, испан компаниялары қатнасыўындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша жойбарлардыӊ техникалық-экономикалық тийкарын ислеп шығыў ушын грант қаржыларын бериў имканияты бар екени мәлим етилди.

Тәреплер Самарқанд ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстанда биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша келисип алды.

Мадридтеги Сыртқы саўда институтында ишимлик ҳәм ақаба суў тараўында жумыс алып баратуғын жетекши испан компаниялары ўәкиллериниӊ қатнасыўында дөгерек сәўбети ҳәм В2В форматындағы сөйлесиўлер шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тараўлық реформалар, «Өзбекстан-2030» стратегиясында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар, перспективалы жойбарлар бойынша презентация өткерилди. Ушырасыўлардыӊ жуўмағына бола, бир қатар Испания компаниялары менен инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги