Россияныӊ Иваново ўәлаятында Өзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Саўда үйи ашылды.

Салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан елшиси Ботиржон Асадов, Иваново ўәлаятыныӊ ҳүкимет ўәкиллери, Саўда-санаат палатасы басшылығы, сондай-ақ, усы ўәлаяттыӊ исбилермен топары ўәкиллери қатнасты.

Саўда үйи Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары арасында өз-ара товар алмасыў көлеминиӊ артыўы ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилди. Онда «Made in Uzbekistan» жарлығы астындағы Өзбекстан санаатыныӊ кеӊ ассортименттеги жоқары сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлери көрсетиледи ҳәм сатылады.

Өзбекстан елшиси Бахтиёр Асадов өз сөзинде усы жойбарды әмелге асырыўды еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен қоллап-қуўатлаўшы тәреплердиӊ ортақ мақсети – турақлы экономикалық өсиў ушын шараят жаратыў, еки мәмлекеттиӊ экспорт-импорт базарын диверсификациялаў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия исбилерменлери ҳәм ислеп шығарыўшылары ушын бизнес имканиятларын кеӊейтиўден ибарат екенин атап өтти.

Иваново ўәлаяты Саўда-санаат палатасныӊы басшысы Леонид Иванов өзиниӊ шығып сөйлеўинде Россия базары Өзбекстаннан азық-аўқат өнимлери, тоқымашылық, өнерментшилик ҳәм гүлалшылық буйымларын импорт етиўден бәрқулла мәпдар екенин билдирди. Сондай-ақ, Иваново ўәлаятында мәмлекетимиз Саўда үйиниӊ ашылыўы Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиӊ раўажланыўында жаӊа басқыш болатуғыны атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги