Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-апрельдеги “Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында 1-майдан баслап тутыныўшылардың пайдаланған коммуналлық төлемлери ушын жаңа тарифлер енгизилмекте.

Ҳәзирги ўақытта орынларда коммуналлық төлемлердеги усы өзгерислер кең жәмийетшиликке жеткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова Әмиўдәрья районының бир қатар мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында болып, турғынлар менен ушырасты.

Атап айтқанда Алмазар, Гүлзар, Айбек, Байаўыл, Чардара ҳәм Дурунки мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының халқына бул қарар социаллық принциплерге тийкарланғаны, жәрдемге мүтәж шаңарақларға компенсация бериў нәзерде тутылғанлығы, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын базалық нормалардың енгизилгени ҳәм оларды үнемлеў мақсетинде қабыл етилгенлиги анық мысаллар менен түсиндирилди. Соның менен бирге, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллық дәрежесин азайтыў, ишимлик суўы, тәбийғый газ, электр энергиясынан үнемли пайдаланыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги