Өзбекстанда  Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорыныӊ басламасы менен 21 имарат модернизм дәўири объекти стасусын алды ҳәм миллий мәдений мийрас объектлери дизимине киргизилди.

Атап өтилиўинше, Министрлер Кабинетиниӊ  2024-жыл  22-апрель күни «Материаллық  мәдений мийрас объектлериниӊ  миллий дизимине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў хаққында»ғы  қарары қабыл етилди.

Ҳүжжет Өзбектан  халқыныӊ миллий байлығы есапланған модернизм дәўири материаллық мәдений мийрасын  қорғаў, қәстерлеп-сақлаў  ҳәм олардан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, естеликлерди системаластырыў, дизимин дүзиў, тарийхийлығын сақлап қалыў және  әҳмийетин арттырыўды мақсет етип қойылған.

Биринши басқышта Мәмлекетлик көркем өнер музейи, « Өзбекстан » «Шадлық миймаханалары, «Космонавтлар» метро бәндиргиси, Авиация өндирисшилер сарайы сыяқлы 11 жаӊа обеъкт дизимге киргизилди, 10 объекттиӊ статусы өзгертилди. Қуяш институты, Ташкент мәмлекетлик цирки, Ташкент телеминарасы, «Халықлар дослығы» сарайы , Әлийшер Наўайы  атындағы  көркем өнер сарайы, «Түркстан» концерт  залы  ҳәм оныӊ жазғы майданшасы сыяқлы және бир қатар аймақлар дизимнен орын алды.

Қор, сондай-ақ, жоқарыда айтылған модернизм усылындағы имаратларды  ЮНЕСКОныӊ  Улыўма жер жүзилик мийрасы дизимине киргизиў ушын дизимлер таярламақта.


Буннан тысқары, усы қарар тийкарында Мәдений мийрас агентлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы  Кадастр агентлиги, Қарақалпақстан  Республикасы  Министрлер  Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы  ҳәкимликлери менен биргеликте модернизм дәўири обеъктлерин белгиленген тәртипте мәмлекетлик кадастрға киркизиў илажларын ислеп шығады.

                                                                                                          ӨзА