Ҳәзирги ўақытта орынларда тийисли тараў қәнигелери ҳәм депутатлардың қатнасыўында питкериўши жаслар менен ушырасыўлар өткерилмекте. Беруний районындағы 63-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де жоқары класс оқыўшыларының қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Онда Дин ислери комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Беруний районы бойынша бас қәнигеси С.Абдуллаев, ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат басшысы, депутат Р.Юлдашева ҳәм ишки ислер уйымларының жуўапкер хызметкерлери оқыўшыларға халқымыздың миллий қәдириятлары ҳәм руўхый мийрасларын қәстерлеп сақлаў, әўладтан-әўладқа жеткериў, шаңараққа тийисли дәстүрлер, миллий үрп-әдетлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Атап өтилгениндей, өсип киятырған келешек әўладты Ўатанға садықлық ҳәм муҳаббат руўхында тәрбиялаў, елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз есапланады. Жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм  ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, нәшебентлик ҳәм миссионерликтиң алдын алыў, руўхыйлығымызға жат болған идеяларға қарсы гүресиўимиз керек.

Усындай ушырасыў 2-санлы кәсип-өнер мектебинде де өткерилип, онда район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева ҳәм басқалар жас өспирим қызлар арасында ерте турмыс қурыў ҳәм ерте туўыўдың, жас өспиримлер арасында ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар жүз бериўиниң, жаслардың интернеттен надурыс пайдаланыўы ақыбетинде түрли жат идеялар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў, кийиниў мәденияты, әдеп-икрамлылық қағыйдалары бойынша мағлыўматлар берилди.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги