Өзбекстан ҳәм Британия арасында Кең көлемли шерикшилик ҳаққындағы декларацияға қол қойылды

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин, 23-апрель күни Өзбекстанға сапар менен келген Уллы Британия сыртқы ислер, Дослық аўқамы ҳәм раўажланыў мәселелери бойынша мәмлекетлик хаткери Дэвид Кэмерон менен ушырасты.
Ушырасыўда еки мәмлекет байланысларын беккемлеўге қаратылған тийкарғы ўазыйпалар, сондай-ақ, экономикалық қатнасықларды жеделлестириўге байланыслы мәселелер көрип шығылған.
«Уллы Британияның Сыртқы ислер, Дослық аўқамы ҳәм раўажланыў мәселелери бойынша мәмлекетлик хаткери мырза Дэвид Кэмерон менен ушырасыўдан қуўанышлымыз. Сәўбетимиз нәтийжели ҳәм мазмунлы болып, барлық тараўлар бойынша Өзбекстан-Уллы Британия байланысларын беккемлеўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды белгилеў имканиятын берди. Экономикалық қатнасықларды жеделлестириўге айрықша итибар қараттық. Британия тәрепиниң исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин қәдирлеймиз.
Сондай-ақ, Кең көлемли шериклик ҳаққындағы декларация ҳәм Регионаллық ҳәм халықаралық байланыслылық ҳәм инфраструктура тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумына қол қойдық», – дейди Өзбекстан СИМ баслығы өзиниң Telegram каналында.
Мағлыўмат ушын, Уллы Британия сыртқы сиясат уйымы баслығының алдынғы сапары 1996-жыл январь айында болып өткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги