Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўына байланыслы мағлыўматлар 48 саат ишинде келмесе бийкарланыўы ҳаққындағы тәртип киргизилмекте.

Бул туўралы ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өтип атырған мәжилистеги нызам жойбарының додалаўында мәлим етилди.

Атап өтилиўинше, нызам жойбары менен автоматластырылған фото ҳәм видео көринис техника қураллары арқалы жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғаны дизимге алынған жағдайларда транспорт қуралының мүлк ийеси ҳаққында мағлыўмат болмаса, сондай-ақ, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоға алыў техника қураллары арқалы дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўына байланыслы мағлыўматлар жәриймаға тартыў ҳаққында қарар шығарыўға ўәкил болған лаўазымлы шахсқа 48 саат ишинде жиберилмеген болса жумысты көрип шығыўды тоқтатыў белгиленбекте.

Буннан тысқары, жойбарда киши көлемли электр двигателли транспорт қураллары ҳәм индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын (скутер, мопед, велосипед айдаўшы, индивидуал ҳәрекетлениў қуралын, тиркемени басқарып барыўшы шахс тәрепинен жүз берилиўи) басқарыў процесинде жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, ҲЖҳКниң 171-статьясына қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлери транспорт қураллары тәрепинен жүз берген қағыйдабузарлықлар бойынша жүргизилген ҳәкимшилик ислерди артықша қағазпазлықтан ўаз кешкен жағдайда сапластырыў тәртибин енгизиў белгиленбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги