Ҳәзирги күнлери Гонконгта даўам етип атырған Азия чемпионатында командалық беллесиўлер болып өтти.

Илиас Илиадис басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы шерек финалда түркменстанлы дзюдошыларды 4:1 есабында жеңип шыққан болса, ярым финал беллесиўлеринде Монғолия сайланды командасына 3:4 есабында жеңилип қалды.

Ал, қола медалы ушын болған беллесиўлерде болса, Өзбекстан сайланды командасы қубла кореялы палўанларды 4:1 есабында жеңип шығып, улыўма командалық есапта үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, сайланды командамыз қурамында қарақалпақстанлы Шарофиддин Болтабоев та қатнасып, командамыздың жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги