Кейинги сегиз жылда Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында товар алмасыў 3 есеге артты ҳәм 2023-жылы 750 миллион долларды қурайды.

Бул санлар мәмлекетимиз инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов тәрепинен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапары алдынан Душанбе қаласында болып өткен Өзбекстан –Тәжикстан инвестиция бизнес конференциясында атап өтилди. Бул көрсеткиш усы жылдың басынан берли және 40 процентке артқан. Еки мәмлекет аймағында 370 тен аслам биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта. 2017-жылы бул сан дерлик 17 ни қурайтуғын еди.

Илажда еки туўысқан халық жетекшилериниң өз-ара тығыз мүнәсибети, мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиў көлемин кеңейтиў бойынша алға қойылып атырған басламалар бул бағдарда әҳмийетли фактор болып атырғаны айрықша атап өтилди. Қалаберди, экономикалық байланысты тереңлестириўде еле иске қосылмаған имканият шексиз екени де атап өтилди.

Өзбекстан Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм Тәжикстан Бас министриниң орынбасары Усмонали Усмонзода басшылық еткен конференцияда 600 ден аслам исбилермен топар ўәкиллери, министрликлер ҳәм мәкемелер, тармақ бирлеспелери ҳәм аймақ администрациясының басшылары қатнасты.

Конференцияда металлургия, пайдалы тәбийғый өнимлерди қазып алыў, өзлестириў ҳәм қайта ислеў, самал, қуяш электр энергиясын раўажландырыў, гидроэнергетика, машина қурылысы ҳәм электротехника өнимин ислеп шығарыў, агросанаат комплекси, жеңил санаат сыяқлы бағдарлар бирге ислесиўди раўажландырыўда ең тийкарғы тараўлар етип белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, еки мәмлекет басшылары өз-ара қатнасықта жаңа тарийхый басқышты баслап бергенине жоқарыда келтирилген санлар да исенимли дәлийл болады.

С.Раҳимов, ӨзА