Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

347

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы туўысқан Қазақстан жетекшиси ҳәм халқына усы мәмлекет аймағындағы кең көлемли суў тасқынлары нәтийжесинде инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен кеўил билдирди.

Бундай тәбийғый апатшылықлар кейинги жылларда регионымызда бақланып атырған климаттың унамсыз өзгерислериниң ақыбети екени атап өтилди.

Бул бағдарда тығыз әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Президентлер жақында Хийўа қаласында болып өткен ушырасыўдағы келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режеси де көрип шығылды.

ӨзА