Мәмлекетимиздиң Германиядағы елшиханасында Германия – Өзбекстан II медицина форумы болып өтти.

Елшиханамыз, мәмлекетимиз Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Кох-Авиценна» Германия – Өзбекстан медицина жәмийети (DUMGKA) менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда ДСМ жуўапкерлеринен ибарат республикамыз делегациясы, Германия Федераллық денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баслығы ҳәм жуўапкерлери, еки мәмлекет тараў қәнигелери, жетекши медицина мәкемелери ҳәм жоқары оқыў орынлары, жеке меншик клиникалар, ири компаниялардың басшылары қатнасты.

Илаж алдынан Өзбекстанның ГФРдағы елшиси Дилшод Ахатов ҳәм басқарма баслығының орынбасары профессор Аксель Рихтер мийманларды қутлықлады.

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң өткен жыл 2-3-май күнлери Германияға рәсмий сапарынан кейин 26-27-майда Самарқандта шөлкемлестирилген биринши Өзбекстан – Германия медицина форумында тараў бойынша үзликсиз бирге ислесиўге ирге тасы қойылды, – деди Д.Ахатов. – Берлин қаласында өткерилген екинши форум усы сөйлесиў платформасының даўамлылығын тәмийинлеў, анық илажлар менен жойбарларды әмелге асырыў арқалы еки тәреплеме байланысты буннан былай да жеделлестириў перспективасын додалаў айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын атқарыўшы Асилбек Худоёров, Германия Федерал денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Томас Штеффен, Германия экономикасы Шығыс комитети президиумының ағзасы, профессор Клаус Мангольд ҳәм басқалар екинши конференция да көп жыллық өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етиўи нәтийжесинде, денсаўлықты сақлаў тараўындағы улыўма тийкарғы ўазыйпалар бойынша перспективалы жойбарларды белгилеў, медицина мәкемелери арасында анық келисимлерге ерисиў имканиятын жарататуғынын атап өтти.

Әҳмийетлиси, бул форум онкология, қыстаўлы медициналық жәрдем, медицина хызметкерлери – мийирбийке ҳәм фельдшерлерди Германияға жумысқа тартыў сыяқлы бағдарлар бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА