Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында студентлердиң теориялық билимлерин буннан былай да беккемлеўде оқыў процесине сырт елли профессор-оқытыўшыларды тартыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Олардың қатнасында онлайн лекциялар оқылыўы менен бирге, қоңсылас мәмлекетлердиң абырайлы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары студентлерге оффлайн тәризде сабақ өтиўге мирәт етилмекте.  Атап айтқанда, Қазақстан Республикасының “QS World University Rankings” 500 лигине киретуғын Қазақстан миллий аграр изертлеў университети менен дүзилген шәртнамаға муўапық усы оқыў орнының “Биологиялық қәўипсизлик” кафедрасының профессоры, ветеринария илимлериниң кандидаты Амангелди Маўленов филиал студентлерине 30 саат сабақ өтти.

Филиал директоры, профессор Әдилбай Есимбетов пенен болған сәўбетлесиў даўамында бирге ислесиўдиң жаңа басқышлары додаланды. Жолға қойылған оқытыўшылар алмасыўы тийкарында педагог кадрлардың тәжирийбеси буннан былай да артып, жаңа билимлерди өзлестиргенлиги, дослық қатнасықлары беккемленип, унамлы нәтийже берип атырғаны атап өтилди. Келешекте илимий бағдарда бундай бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.

Буннан алдын қазақстанлы профессорлар тәрепинен студентлерге сабақ өтилген еди. Студентлер профессордың лекциясына қызығыўшылық пенен қатнасып, жақсы билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Ҳәзирги ўақытта филиалдың “Зооинженерия” кафедрасының үлкен оқытыўшысы  З.Дәўлетова Қазақстан миллий аграр изертлеў университетинде билимин жетилистирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги