Кеше Қатар пайтахты Доха қаласында 23 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилип атырған Азия кубоги жарысларында «В» ҳәм «С» топарларында 3-тур ойынлары өткерилди.
Олардың биринде Саудия Арабстаны Ирак пенен ушырасып, онда 1:2 есабында жеңилип қалған болса, қоңсылас Тәжикстан сайланды командасы таиландлы футболшыларды 0:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Бирақ, тәжик футболшыларының бул жеңиси сайланды команданың келеси басқышқа шығыўы ушын жеткиликли болмады ҳәм олар «С» топарында 3 упай топлап, таиландлы футболшылар менен топарда қалып кетти.
Ал, «В» топарында өткерилген Қытай ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы ойында болса, 1:2 есабында қытайлы футболшылар жеңиске еристи. Топар жетекшилери болған Япония ҳәм Қубла Корея арасындағы ойында болса, кореялы футболшылар 0:1 есабында жеңиске ерисип, усы топардың жетекшиси сыпатында келеси басқышқа жол алды.
Бүгин усы жарыста қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы Ташкент ўақты менен саат 20:30 да Въетнамға қарсы топар жетекшилиги ушын майданға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги