Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов бүгин Серра-Леонениӊ мәмлекетимиздеги биринши елшиси Муҳаммад Ёнгавоны қабыл етти.

 «Серра-Леоне Республикасыныӊ Өзбекстандағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Муҳаммад Ёнгаво мырзаны қутлықлаў ҳәм оныӊ жарлықларын қабыл етиўден миннетдармыз, – деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниӊ telegram каналында. –Еки тәреплеме байланысларымызды байытыў ушын еле пайдаланылмаған үлкен потенциал бар. Елши мырзаға мәмлекетимиздеги жумысы даўамында барлық тараўлардағы кеӊ имканиятларды үйрениўде табыслар тилеймиз.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Серра-Леоне арасында 2023-жыл 28-апрельде дипломатиялық қатнасықлар орнатылған еди. Нью-Йорк қаласында Өзбекстан ҳәм Серра-Леонениӊ БМШтағы турақлы ўәкиллери тәрепинен Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды. Серра-Леоне Республикасы Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 143-мәмлекет болған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги