Британия сыртқы ислер министри Дэвид Кэмерон Өзбекстанға келеди

151

Уллы Британия сыртқы ислер министри Дэвид Кэмерон саўда, қәўипсизлик ҳәм қоршаған орталық бойынша байланысларды кеӊейтиў мақсетинде Тәжикстан, Қырғызстан, Өзбекстан, Түркменстан, Қазақстан ҳәм Монголияға барады.

Бул ҳаққында The Independent басылымы мәлим етти.

Дэвид Кэмерон ҳәзирги ўақытта Тәжикстан ҳәм Душанбеде мәмлекет президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыўда бизнес, климат өзгериўи ҳәм терроризмге қарсы гүресиў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиў ушын «көбирек жумыслар ислей алатуғыны» ҳаққында айтып өтти.

Атап өтилиўинше, ушырасыўларда Тәжикстан ҳәм Уллы Британия арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланған. Сондай-ақ, суў ҳәм климат машқалаларын шешиў, мийнет миграциясы, мәмлекетлер арасындағы ҳаўа жолларын диверсификациялаў бағдарында еллер арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.

Сондай-ақ, Кэмерон регион бойлап жетекшилер менен сөйлесиўлер барысында «санкциялардан қашыў, инсан ҳуқықлары ҳәм реформалар бойынша додалаўларды алға жылжытыўға» умтылады.

Дэвид Кэмерон Орайлық Азияныӊ басқа мәмлекетлери, соныӊ менен бир қатарда, Өзбекстанға да келиўи күтилмекте, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги