Кеше футбол бойынша U-23 Азия кубоги жарыслары шеңберинде Өзбекстан олимпия сайланды командасы Малайзияға қарсы өзиниң дәслепки ойынын өткерди.

Ушырасыўдың  11-минутында Жасур Жалолиддинов пенальтиди анық орынлап, командамызды есапта алдынға алып шықты. Екинши таймда Тимур Кападзе шәкиртлери көплеген қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, олардың бәри де голға айлана бермеди.

Тек ғана, ушырасыўдың 83-минутында Улуғбек Ҳошимов тәрепинен Малайзия дәрўазасына жолланған топ, ойындағы есапты 2:0 көринисине алып келди ҳәм бул есап ойын соңына шекем сақланып қалды.

Ал, усы топардың екинши ойынында болса, Вьетнам сайланды командасы Кувейтги 3:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги