Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик реже-графикте белгиленген ўазыйпалар шеңберинде суў хожалығы объектлериндеги қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларының барысын талқылаў, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша Нөкис қаласынан өтетуғын “Дослық” каналын реконструкциялаў (3-басқыш ) жумыслары үйренилди.

“Дослық” каналының жәми 4,0 километрлик бөлегинде реконструкциялаў жумыслары белгиленип, соннан 2018-2023-жыллар даўамында 2,6 километрлик бөлегиндеги жумыслары алып барылған. Объекттиң қурылысы жылдан-жылға өтетуғын қурылыс болып есапланады. 2024-жылы 1,4 километрлик бөлегинде реконструкциялаў (бетонлаў) жумыслары белгиленип, бүгинги күнде 1,399 километрлик бөлегинде топырақ жумыслары ҳәм 1,185 километрлик бөлегинде бетонлаў жумыслары исленген.

Объектте жәми 28 арнаўлы техника ҳәм 30 жумысшы-хызметкерлер жумыс ислемекте.

– “Дослық” каналында реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң оның пайдалы жумыс коэффициенти бираз арттырылып, суў өткериў қәбилети секундына орташа 320-350 метр кубқа жеткерилиўи нәтийжесинде оннан суў алыўшы районлардың егислик жерлери кепилликли суў менен тәмийинленеди,-дейди министрликтиң баспасөз хызмети баслығы Ғ.Атажанов.

Соның менен бирге, аймақлардағы жер асты суўының қәдди төменлеп, халықтың қыйтақ жерлериниң мелиоративлик жағдайы жақсыланады. Итибарлысы, каналды реконструкциялаў режесиниң әмелге асырылыўы нәтийжесинде Нөкис қаласында суў туризмин раўажландырыў, суў спорты менен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм каналдың жағасын дем алыў орнына айландырыў нәзерде тутылған.

Илаж даўамында «Қарақалпақстан суў қурылысинвест» мәмлекетлик кәрханасының жуўапкерлери тәрепинен жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем “Кегейлимахсуссувпудрат” ЖШЖ жуўапкерлери ҳәм жумысшы хызметкерлерине тийисли тапсырмалар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги