Елликққала районындағы Мәлимлеме-ресурс орайында IV республикалық “Китапқумарлық ҳәптелиги”ниӊ ашылыў мәресими болып өтти.

Дөретиўшилик ушырасыў тәризинде өткерилген илажда район ҳәкиминиӊ орынбасары А.Юлдашева, 4-сектордыӊ басшысы Н.Абаев, республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиӊ баслығы А.Матниязовалар  шығып сөйлеп, китапқумар жасларды ҳәптеликтиӊ ашылыўы менен қутлықлады.

Сөзге шыққанлар мәмлекетимизде жаслардыӊ руўхый дүньясын байытыў, олардыӊ арасында китапқумарлықты кеӊнен үгит-нәсиятлаў, балаларға арналған әдебиятларды көбейтиў мәселелерине тоқтап өтти. “Китапсүйер миллет” сүрени астында  26-апрельге шекем даўам ететуғын ҳәптелик даўамында жаӊа китаплардыӊ көргизбеси, дөретиўшилер менен ашық пикирлесиў ҳәм ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм басқада илажлар өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги