Президентимиздиң Қарақалпақстанға қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде бүгин раўажланыўдың жаңаша бағдары таӊлап алынып, бул өз гезегинде исбилерменликти раўажландырыўға кең мүмкиншилик жаратпақта.

Усы тийкарда Нөкис қаласындағы “Нөкис электроаппарат” қоспа кәрханасы жыллық қуўатлылығы 150 МВт болған қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарды иске түсирди. Бүгинги күнде 30 дан аслам адам жумыс алып барып атырған болса, кәрхана толық қуўатлылықта иске түсирилиўи менен 150 ге шамалас пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.

Кәрхананың жаңа бағдар бойынша жумыс баслаўы ушын үскенелер Қытай мәмлекетинен алып келинген. Ҳәзирги ўақытта қуяш панеллерин ислеп шығарыў корейс технологиясы тийкарында әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги