Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрдеги 2020-2025-жылларда «Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының  орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районлық Мәлимлеме-китапхана орайында «Китап сүйер миллет» сүрени астында Китапқумарлық ҳәптелиги-2024 ашылыўында  Қарақалпақ әдебиятының  классик шайыры  Әжинияз Қосыбай улының 200  жыллығына арналған әдебий кеше  болып өтти.

Кешеге  «Дослық» ордени ийеси, нураный устаз  Ш.Панаев, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлими  баслығы Б.Матеков, райондағы 55-1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, Бәркамал әўлад балалар мектебиниң оқыўшылары, 17-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияланыўшылары  ҳәм Кегейли турмыс хызметин көрсетиў техникумының  китапханашылық топары  студентлери  қатнасти. Кешеде оқыўшылар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында айтып, қосықларынан үзиндилер оқыды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги