Бүгин  22-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында «Китапсүйер миллет» сүрени астында IV Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен биргеликте өткерилмекте.


Ҳәптеликте китаплар көргизбеси, «Зәкаўат» ҳәм басқа да таңлаўлар, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, ҳәр түрли илажалар өткерилиўи белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги