4р174 «Нөкис-Хожели» автомобиль жолыныӊ 8,4 километр бөлегиндеги көпирди қайта қурыў жумыслары алып барылып, қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланып пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы   Жоқарғы Кеӊесиниң Баслығы А.Орынбаевтың  Хожели районы турғынлары менен өткерилген көшпели қабыллаўында келип түскен мүрәжатларға унамлы шешим табыў мақсетинде усы көпирди қайта қурыў жумысларын қурыў бойынша тапсырма берилген еди.

Қурылыс жумыслары ушын ҳәрекет баслап жиберилди ҳәм қысқа ўақыт ишинде  көпир қайта қурылды. Сондай-ақ, бул көпирден пуқаралардыӊ бийқәтер ҳәрекет етиў мүмкиншилиги жаратылды.

Жойбар баҳасы 4,4 млрд. сум болған көпирдың қурылыс жумысларын Тақыятас районлық Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми алып барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги