Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Жәҳән банки арасында «Санлы инклюзив» жой барын әмелге асырыў ушын 50 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша келисимге қол қойылды, деп хабар берди халықаралық шөлкемниң баспасөз хызмети.
Жақында Вашингтонда Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша вице-президенти Антонелла Бассани ҳәм Өзбекстан бас министриниң орынбасары, экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров базар реформаларын әмелге асырыў ҳәм климаттың өзгериўи ақыбетлерине жуўап бериў бойынша ҳүкимет стратегиясын додалады.
Қаржыландырылған жойбар санлы экономиканы қәлиплестириў ҳәм IT-хызметлери тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған.
Санлы инклюзив баслама шеңберинде IT Park 30 жасқа шекемги аўыл ҳәм шетки аймақлардағы халық ушын тренинглер шөлкемлестиреди, сондай-ақ, IT-компанияларды тартыў бойынша бағдарламаларды иске қосады.
Буннан тысқары, технология компанияларының аймақлық офислерин ашыўға ийтермелеў ушын 11 IT-сервис орайлары шөлкемлестириледи, олар жумысшы күшти кеңейтиў ушын материаллық жақтан хошаметленеди.
Және бир бағдар – 9 мың жасты IT-компанияларда жумыс пенен тәмийинлеў, соның ишинде, 4,5 мың ҳаял-қыз ҳәм 360 майыплығы болған шахс, 6,2 мың пуқараны санлы көнликпелер, сөйлесиў ҳәм шет тиллери бойынша оқытыў.
Жойбар Өзбекстанның IT-тараўында нызамшылық базасын ислеп шығыўды да нәзерде тутады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги