Дзюдо бойынша Гонконгта өткерилип атырған Азия чемпионатында жеккелик беллесиўлери өз жуўмағына жетти. Азияның 30 дан аслам мәмлекетиниң спортшылары қатнасып атырған бул жарыста Илиас Илиадис басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да медальлар ушын гүреске түсти ҳәм онда 6 медалды қолға киргизди.

Атап айтатуғын болсақ, чемпионатта -100 кг салмақта Музаффарбек Тўрабоев алтын, -73 кг да Муроджон Йўлдошев гүмис,  52 кг да Диёра Келдиёрова, 60 кг да Достон Рўзиев, -66 кг да Сардор Нуриллаев, -70 кг Шоҳиста Назаровалар қола медальларын жеңип алды.

Енди чемпионатта жуплық беллесиўлери өткериледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги