Бозатаў районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы бөлими, районлық Спорт мектеби, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими менен биргеликте «Бес баслама» олимпиадасы шеңберинде жарыслар шөлкемлестирилди.

Онда физикалық имканияты шекленген жаслар спорттың жеңил атлетика, стол тенниси ҳәм шахмат-шашка түрлери бойынша өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында, жеңимпазлар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул жарысқа жәми 40 тан аслам имканияты шекленген жаслар қатнасты ҳәм жеңимпазлар жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Б.Тохпанов,

Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги