Ташкенттеги “Өзэкспоорай” көргизбелер комплексинде региондағы еӊ ири илажлардан бири – “ИННОПРОМ. Орайлық Азия” халықаралық санаат көргизбеси жумыс баслады.

24-апрельге шекем даўам ететуғын абырайлы илажда Өзбекстан, Россия, Қытай, Беларусь, Қазақстан мәмлекетлери миллий стендлери, 60 қа шамалас компания экспозициясы, аймақлардыӊ мүшейлери көрсетилмекте. Ҳәзирги минутларда илаждыӊ тийкарғы жалпы мәжилиси болып өтпекте.


“Орайлық Азия санаат кооперациясы: регионаллық бағдар” темасындағы бул мәжилисти Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм Россия Федерациясы Бас министри орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ашып берди. Тийкарғы сессия қатнасыўшылары саўда-экономикалық қатнасықларды раўажландырыў, үлги жойбарлар ҳәм бирге ислесиў перспективасы ҳаққында пикир алыспақта.

Гўзал Сатторова,

Носиржон Ҳайдаров (сүўрет),ӨзА