Усы жыл 21-апрель күни Нөкисте белгили мәмлекетлик  ҳәм жәмийетлик ғайраткер, мийнет ветераны Үббинияз Әширбековтың туўылғанының 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев белгили жәмийетлик ғайраткерди юбилейи менен қутлықлап, оның мийнет жолына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ү.Әширбеков узақ жыллық мийнет жолы даўамында халық хожалығының бир қатар тараўларында, соннан, суў хожалығы бойынша жуўапкершиликли жумысларда, Тахтакөпир районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти. Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде, өсип киятырған жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаўға салмақлы үлес қосты. Оның узақ жыллық машаққатлы мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, бир қатар мәмлекетлик сыйлықларға ылайық деп табылды.

Жақында Президентимиздиң айрықша итибары менен мийнет ветераны Ү.Әширбековқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Ҳүрмет жарлығы” тапсырылыўы оның көп жыллық жемисли мийнетине берилген ылайықлы баҳа болды.

Салтанатлы мәжилисте бир қатар мийнет ветеранлары, кәсиплеслери, шәкиртлери, дөретиўши инсанлар шығып сөйлеп, белгили устаз, мәмлекетлик ғайраткердиң республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда, мәмлекетлик нышанлардың қабыл етилиўинде, түрли тараўларда шәкиртлер таярлаўдағы хызметкерине тоқтап өтти.

Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Усындай илаж Тахтакөпир районында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги