Хожели районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминде район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети ҳәм Қарақалпақстан республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының Мәлимлеме хызмети менен биргеликте ғалаба хабар ўәкиллери ушын республикалық медиа-тур шөлкемлестирилди.

Оған, район ҳәкими Ж.Ермашев, Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет  саламатлығы комитетиниң Мәлимлеме хызмети баслығы М.Саидова, районлық бөлим баслығы М.Утениязов, қала ҳәм 16 район бөлимлериниң мәлимлеме хызмети ўәкиллери қатнасты. Дәслеп, медиа-тур қатнасыўшылары бөлимде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, қәнигелер менен пикирлести.


Буннан соң, Хожели районы СЭТҳЖС бөлими тәрепинен 2023 ҳәм 2024-жылдың 3 айы даўамында әмелге асырылған жумысларының барысы туўралы пресс-конференциясы өткерилди. Онда, сөзге шыққанлар халық арасында ушырасып атырған ҳәр түрли кеселликлер, олардың келип шығыў ҳәм ҳәзирги күнде профилактикалық илажлар нәтийжелилиги бойынша бир қанша мағлыўматлар берилип, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўап алды. Ушырасыў даўамында, Өзбекстан Республикасы  СЭТҳЖС комитетиниң Мәлимлеме хызмети баслығы М.Саидованың қатнасыўында ғалаба хабар ўәкиллери менен тығыз бирге ислесиў ҳәм алдағы ўақытларда әмелге асырылыўы тийис болған режелер бойынша  брифинг өткерилди.

-Шөлкемлескенлик пенен өткерилген  илаж бизлерде үлкен тәсирлер қалдырды. Халқымыз арасында ушырасатуғын жуқпалы кеселликлер, олардың алдын алыў, емлеў, тараўда ушырасып атырған машқалалар бойынша кең түрде сәўбетлесиў болды. Бул бағдарда қәнигелер менен биргеликте баспасөз хаткерлериниң алып баратуғын жумысларында итибардан шетте қалып баратырған мәселелер  кең түрде түсиндирилди, -дейди Нөкис районы СЭТҳЖС бөлими баспасөз хаткери Султанбек Ниетуллаев.

Илаж даўамында алдағы режелер бойынша келисилип алынды.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги