Беруний районындағы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде “Бир перзентке үш китап” акциясы шеңберинде  Китап ярмаркасы өткерилди.

Илажда мектеп жәмәәти, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Бундай илажлардың өткерилиўи оқыўшыларды китап оқыўға қызықтырыў, жаңа китапларды үгит-нәсиятлаў, қайырлы ислерге ата-аналарды  тартыўда айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Бул жерде ата-аналар тәрепинен перзентлерине қәлеген китаплары саўға етилди.

“Бир перзентке үш китап” акциясын районның басқа да улыўма билим бериў мектеплеринде өткериў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги