Елликқала районындағы 1-санлы спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде пара жеңил атлетика, пара шахмат, пара шашка,  пара стол тенниси арбашада, пара стол тенниси бойынша жарыс болып өтти.

Жарысқа районның барлық аймақларынан майыплығы болған спортшылар қатнасты.

Илажда район ҳәкими В.Ныязимбетов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен майыплығы болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған имканиятларға тоқтап өтти.

Жарыс жуўмағында барлық спорт түрлери бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги