Республикамыздағы бир қатар районлық әдиллик бөлимлериниң баслықлары Ташкент медицина академиясының Үргенш филиалында болып, қарақалпақстанлы студентлер менен ушырасты.

“Әдиллик ҳәм жаслар” атамасында өткерилген ушырасыўда Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала районлары әдиллик бөлимлериниң баслықлары, усы районда жасаўшы студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыў даўамында студентлерге, “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға берилген жеңилликлер, оқыў шәртнамалары, социаллық ҳәм ҳуқықый мәселелер бойынша кең түрде түсиник берилди.

Жаслар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги