Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша Азия лицензиялық турнири болып өтти.
Онда ҳаял-қызлар арасында Париж-2024 Олимпиадасы лицензиясы ушын беллесиўлерде тарийхый нәтийжеге ерисилди.
Атап айтқанда, 50 кг салмақта беллесиўлерге түскен Ақтеңге Кеўнимжаева ярым финалда Қытай Тайпейи спортшысы Менг Ҳсуан Ҳсиехти 4:2 есабында жеңип шығып, Өзбекстан ҳаял-қызлар гүреси тарийхында туңғыш рет Олимпиада жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, бул жарыста -97 кг салмақта елимиз абырайын қорғаған Рустам Ассакалов ярым финалда қырғызстанлы У.Жусупбековти 3:1 есабында жеңип шығып,
Париж Олимпиадасы жолламасын қолға киргизди.
Соны айтып өтиўимиз керек, Париж Олимпиадасы Рустам Ассакалов ушын бул үшинши Олимпиада болып табылады.
Тилекке қарсы, усы турнирде қатнасқан және бир жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов ярым финалда иранлы Алиреза Моҳмадипианге қарсы гүресте 2:3 есабында жеңилиске ушырады. Енди Жалғасбай май айында Париж Олимпиадасы жолламасы ушын Түркияда өткерилетуғын турнирге қатнасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги