Елимизде халықаралық көлемдеги абырайлы футбол ҳәм футзал бойынша жарысларды қабыллаў бойынша үлкен қәдемлер тасланбақта.

Әсиресе, ФИФАның  2024-жылғы футзал бойынша жәҳән чемпионатының Өзбекстанға исенип тапсырылыўы жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Футзал бойынша өткерилетуғын дүнья жүзи мундиалының шешиўши ушырасыўлары мәмлекетимиз пайтахты Ташкент, әййемги Жипек жолында жайласқан Бухара ҳәм уллы шайыр ҳәм сәркарда Бабурдың  туўылған жери Әндижан қалаларында болып өтеди.

Орайлық Азияда туңғыш рет өткерилетуғын бул турнирге жер жүзиниң ең күшли 24 сайланды командасы қатнасып, жәҳән чемпионлығы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.

Жәҳән чемпионаты 2024-жылдың 14-сентябрь күни басланып, 6-октябрь күни жуўмақланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги