Усы жылдың 20-21-апрель күнлери Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша Азия лицензиялық турнири болып  өтеди.

Бул турнирге Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған жерлеслеримиз Жалғасабай Бердимуратов, Ақтенге Кеунимжаева, Гулмира Айтмуратова ҳәм Набира Есенбаевалар да Париж-2024 олимпиадасына қатнасыў ушын гүрес алып барады.

Спортшыларымызға алдағы жарысларда жақсы нәтийжелерге ерисиў ушын әўметлер тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги