19-апрельге өтер ақшамда футбол бойынша Европа лигасының шерек финалының жуўап ушырасыўлары болып өтти.

Олардың биринде «Ливерпуль» сапарда «Аталанта»ға қарсы ойынға түсип, Муҳаммад Салаҳтың пенальтиден урған голи есабынан жеңиске еристи. Бирақ, бул жеңис Юрген Клопп командасының  ярым финалы ушын жеткиликли болмады. Себеби, бул командалардың дәслепки ушырасыўында «Аталанта» 3:0 есабында жеңип шыққан еди.

Ал, «Рома» ҳәм «Милан» командалары арасындағы ойында болса, римлилердиң қолы бәлент келди ҳәм олар ярым финалға жол алды. Есап 3:1.

Кеше жақында ғана Германия чемпионлығын қолға киргизген Хаби Алонсо басшылығындағы «Байер» болса, Англияға сапар етип, «Вест Хэм» менен 1:1 ойнады. Әлбетте, бул нәтийже Германия клубының ярым финалға шығыўы ушын жеткиликли болды.

Сондай-ақ, Марсельдиң «Олимпик» ҳәм Лиссабонның «Бенфика» клублары арасындағы ушырасыўда болса, француз клубы пенальтилер сериясында 4:2 есабында жеңиске еристи.

Енди ярым финалда «Байер» «Рома» менен, «Аталанта» «Олимпик» пенен өз-ара финал жолламасы ушын гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги