Кеше Доха қаласында футбол бойынша U-23 Азия кубоги «А» топарында 2-тур ойынлары өткерилди.

Олардың биринде майдан ийелери Қатар сайланды командасы Иорданияға қарсы ойынға түсти. Ушырасыўдың 40-минутында  Алязиди есапты ашқан болса, 52-минутта иорданиялы Ҳаж пенальтиди анық әмелге асырды ҳәм есапты 1:1 көринисине алып келди.

Ойынның тийкарғы ўақтына төреши тәрепинен қосып берилген 90+14-минутта қатарлы Алманаи өзине узатылған топты геллеси менен Иордания дәрўазасына анық жоллап, өз командасын мүддетинен бурын келеси басқышқа алып шықты.

Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Индонезия Австралия менен ушырасып, өз қарсыласларын 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Өткерилген еки турдан соң бул топарда Қатар 6 упай менен жетекшилик етпекте. Екинши орынды ийелеп турған Индонезия 3 упай, үшинши ҳәм төртинши орынлардағы Иордания ҳәм Австралияда 1 упай бар.

Бүгин Азия кубогинде және төрт ойын өткериледи. Онда Қытай Қубла Корея менен ушырасса, Бирлескен Араб Әмирликлери Япония менен, Таиланд Саудия Арабстаны, Тәжикстан Ирак пенен өз-ара беллесиўге түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги