Президентимиздиӊ усы жыл 5-апрельдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардыӊ дәраматын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ жаӊа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Төрткүл районында да бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2-сектор аймағындағы Яхтилик мәкан пуқаралар жыйынында “Жасларға жер ажыратыў әмелде” атамасында әмелий семинар болып өтти. Онда район прокуроры Н.Джоламанов, районлық ишки ислер бөлиминиӊ баслығы М.Шеримбетов, жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиӊ баслығы Б.Янгибаев, районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеӊесиниӊ баслығы Б.Машарипов шығып сөйлеп, аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы азық-аўқат егинлерин жетистириўди көбейтиў, халықтыӊ, соныӊ ишинде жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Илаж даўамында жер майданларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары “Е-аукцион” электрон саўда платформасы арқалы район прокуратурасы тәрепинен аталыққа алынған ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”ниӊ усынысы менен қәлиплестирилген дизимге киргизилген 78 жасқа жәми 25 гектар жер майданы пайдаланыўға тапсырылды ҳәм егис жумыслары баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги