2024-жыл 17-апрель күни Өзбекстан Кураш федерациясы баслығының биринши орынбасары Бахтыяр Қадиров ҳәм усы федерация баслығының спорт мәселелери бойынша орынбасары Уйғын Умаров Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Адилбек Алланазаров пенен Кураш орайында болып, Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 4-ноябрь күнги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оныӊ халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары талабы тийкарында алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Мийманлар бул жумысларды жоқары баҳалады ҳәм жас спортшылар менен ушырасыў өткерди. Буннан кейин, жоқарыда атап өтилген қарардыӊ 4-қосымшасына муўапық, 2024-жылы Нөкис қаласында қурылысы режелестирилген Кураш шеберлиги мектеби бойынша алып барылап атырған жумыслар менен танысты.
Әййемги үрп-әдетлеримиз, атап айтқанда, мәртлик, батырлық, Ўатанды сүйиўшилик, гуманизм идеяларын өзинде бирлестирген миллий спортымыз болған Курашты ғалаба ен жайдырыў, раўажландырыў ҳәм дүньяға танытыў, оны улыўма дүньялық дурданаға айландырыў бойынша республикамызда бир қатар ислер әмелге асырылып келинбекте. Қарар талабына муўапық, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында болып өтип атырған чемпионат, кубок, халықаралық турнирлер ҳәм «6-сентябрь Халықаралық Кураш күни»не бағышланып Прокурор кубоги жарысларын өткериў үрдиске айланып ҳәр жылы даўам етип келмекте.
ϴткерилип келинген бул жарысларда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары ер балалар ҳәм қызлар командалары нәтийжели қатнасып, жақсы көрсеткишлерге ерисип келмекте. Кураш спорты бойынша ҳәзирги күнде 98 тренер-оқытыўшы, соннан 18 ҳаял-қыз палўан спортшыларға турақлы түрде оқыў-шынығыўларын алып бармақта. Оларда 2 мыңнан аслам ер балалар, мыңға шамалас қызлар шуғылланбақта.
Палўанларымыз 2023-жыл даўамында Өзбекстан Республикасында болып өткен чемпионат, кубок ҳәм халықаралық турнирлерде жәми 40 тан аслам медальды қолға киргизиўге ерисилди.
Атап айтқанда: Эргаш Айтбаев, Захириддийин Зайтов, Меңлибек Юлдашев, Уткир Уразғалиев, Шуҳрат Қылышбаев, қыз палўанларымыздан Санайым Еркинбаева, Қундыз Байманова, Амангүл Алланазарова, Сабрина Узақбаева, Гүлзабийра Тилеўимбетова, Үмида Джуманиязова, Асал Джалғасбаева, Азада Медетбаева, Лариса Төрежановалар жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзаларының тренер-оқытыўшылары Берик Жусипбеков, Айбек Халиков, Шынғыс Бимбетов, Нөкисбай Данияров, Жамшид Турабаев, Рахат Мамбетбаев, Батыр Айманов, Баймурат Уббиевлер оқыў-шынығыў таярлықларының өз ўақтында шеберлик пенен алып барыўларында салмақлы үлеслерин қосып келмекте.
Календарь реже тийкарында кураш бойынша жас өспиримлер (ер балалар ҳәм қызлар) арасында усы жыл 7-10-февраль күнлери аралығында Әндижан қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында +83 кг салмақта Ерсултан Толыбаев биринши, 48 кг салмақта Қундыз Бектурсинова екинши, 63 кг салмақта Наргиза Нурымбетова үшинши орынларды ийеледи. Бул жарыста жеңимпаз болған ҳәм I-орынды ийелеген спортшылар усы жылдың 3-5-июль күнлери Россия Федерациясының Якутск қаласында болып өтетуғын “Азия балалары” ойынларына қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Сондай-ақ 22-25-февраль күнлери аралығында Жиззақ қаласында жаслар (ер балалар ҳәм қызлар) арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында өз салмақ категорияларында Азада Медетбаева, Лариса Төрежановалар екинши, Парахат Ережепов, Асал Джалғасбаева үшинши орынларды қолға киргизди. Бул жарыста жеңипаз болған ҳәм I-орынды ийелеген спортшылар усы жылдың май айында Монғолия мәмлекетиниң Уланбатор қаласында болып өтетуғын жаслар арасындағы жәҳән чемпионатына қатнасыў ҳуқықына ийе болды.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы чемпионат, кубок ҳәм халықаралық турнирлери, жәҳән ареналарында өткерилген жарысларда Қарақалпақстан Республикасынан халықаралық дәрежедеги, бир жулдызлы төреши Нөкисбай Данияров Өзбекстан делегациясы атынан төрешилик етпекте. Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының ерлер ҳәм ҳаял-қызлар командасын аға тренер Қанат Зарипбаев, жаслар ҳәм қызлар командасын аға тренер Жамшид Турабаевлар нәтийжели таярлап келмекте.
Жарысларды шөлкемлестириўде ҳәм оларға басшылық етиўде, спортшылардың жақсы нәтийжелерге ерисиўине шараят жаратыўда Қарақалпақстан Республикасы Кураш федерациясының атқарыўшы директоры Серик Жүсипбеков белсендилик көрсетип келмекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы