Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында билимлендириў мәкемелери педагоглары қатнасыўындағы аттестация сынақлары болып өтпекте.

Бул аттестация сынақлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрьдеги « Мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў  шөлкемлери педагог кадрларын аттестациядан өткериў тәртибин жетилистириў илажлары хаққында»ғы қарарына муўапық, усы жылдың апрель-май айларында өткерилиўи белгиленген. Қарар тийкарында педагогларды аттестациядан өткериў ушын Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен маманлық категориясын бериў әмелияты жетилистирилип, инсан факторысыз өткерилетуғын жаңа система енгизилди.

Жаңа тәртипке бола,сынақлар еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта қәнигелик пәнинен педагоглардың билими (билиў, қолланыў, пикирлеў көнликпелери,) екинши басқышта олардың педагогикалық шеберликлери баҳаланады.Сынаў материаллары тараў қәнигелери, алымлар ҳәм әмелиятшы педагогларды тартқан ҳалда тестологиялық нормалар тийкарында ислеп шығылады.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жуўапкерлериниң атап өткениндей, бүгинги күнде аттестацияда қатнасыў ушын 21 мыңнан артық педагоглар онлайн арза тапсырған болып, солардан 18,350 мың педагог қатнасыўы күтилмекте.

Билимлендириў дәрежесин арттырыўда өз үстинде тынымсыз ислейтуғын,билими ҳәм тәжирийбеси жоқары болған муғаллимлердиң орны жүдә үлкен. Жаңа аттестация системасы әне усындай тәжирийбели  муғаллимлердиң саны артыўына, мәмлекетимизде билимлендириў сапасының және де артып барыўына хызмет етеди.

Аттестация сынақлары май айының ақырына шекем даўам етеди.

ӨзА