Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте жеке меншик оқыў орайларын ҳәм балалар бақшасын ашыў арқалы исбилерменликти баслаўды мақсет еткен пуқаралар ушын бизнес-семинар шѳлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары А.Сейтахов тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар бойынша түсиниклер берилди. Әсиресе, жеке меншик оқыў орайларын ҳәм балалар бақшасын ашыўда елимиз пуқаралары белгиленген жеӊилликлерден утымлы пайдаланып, бул бағдарда исбилерменликтиӊ және де раўажланыўына түртки болып атырғанлығын айрықша атап ѳтти.

Бизнес-семинарда қатнасқан 50 ден аслам исбилерменликке қызығыўшы пуқаралар тийисли тараў ўәкиллеринен жеке меншик мектеп ҳәм бақшаларды ашыў жоллары, керекли ҳүжжетлер, жер, имарат ажыратыў, жеӊиллетилген кредит алыў ҳәм басқа да бағдарларда түсиниклерге ийе болды.

Қатнасыўшылар тараўда ушырасып атырған тосқынлықлар ҳәм машқалаларды шешиў жоллары бойынша сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги