Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасында шерек финал ойынлары шеңберинде еки ушырасыў болып өтти.

Мюнхен қаласында «Бавария» ҳәм «Арсенал» клублары арасында болып өткен ушырасыўдың биринши таймында есап ҳеш бир команда тәрепинен ашылмады.

Екинши таймда «Бавария» футболшылары қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестире баслады ҳәм 63-минутта Ёзуа Киммих өзиниң атына гол жаздырып қойыўға еристи. Буннан соң еки команда да гол урыўға ҳәрекет еткени менен ойындағы есап өзгерместен қалды ҳәм Германия клубы ярым финал жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, шерек финалдың екинши жуплығында болса, турнир фаворитлеринен есапланған Мадридтиң «Реал» клубы «Манчестер Сити» мийманы болып, Англия клубы менен 1:1 ойнады.

Сонлықтан ушырасыў төрешиси ойынға қосымша таймлар белгиледи. Бирақ, бул таймларда да есап өзгерместен қалды. Жеңимпазды анықлаў ушын белгиленген пенальтилер сериясында «Реал» клубына әўмет күлип бақты ҳәм олар турнирдиң ярым финалына жолламаны қолға киргизди.

Енди «Реал» клубы ярым финалда өзиниң әзелий қарсыласларының бири Германияның «Бавария» клубы менен ушырасса, Дортмундтың «Боруссия» клубы «ПСЖ» менен маўасасыз гүрес жүргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги