Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен аймақларда суў там-тарыслығын жумсартыў, фермер хожалықлары атызларына ҳәм қыйтақ жерлерге өз ўақтында суў бериўди тәмийинлеў мақсетинде 520 миллион сум қаржы ажыратылып, көшпели насослар алып келиў ўазыйпасы белгиленген еди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң механизация базасына 40 дана көшпели дизель насос агрегатлары алып келинди. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.

Бул насослар бүгинниң өзинде республикамыздағы суў жетип барыўы қыйын болған аўыр аймақларға жеткерилип, фермер хожалықларының атызларына ҳәм қыйтақ жерлерге суў жеткериўде пайдаланыў илажлары көрилмекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги